Back to tasks list
Qaraqalpaq folklori-13
Source | Target |
---|---|
Хан ушын қырыў халықты, Айтыңлар, беглерим, Ойлаң, кимге жағады?! | Click to Add translation... |
Қырылғанша хан ушын, Тақтаполат патшаны, Зийўарға услап берейик? | Click to Add translation... |
Ҳәр не десе Ҳәсен хан, Биз изине ерейик? | Click to Add translation... |
Сөзлерин мақул көрейик? | Click to Add translation... |
Халықты қырған гүнасыз, Неге керек залым хан?! | Click to Add translation... |
Ҳәр адамның өзине, Олжа жалғыз шийрин жан, Залым ханы қурысын, Хансызақ бизлер жүрейик! | Click to Add translation... |
Иайтақ жатқан қалмақтың, Ел-халқын да берейик. | Click to Add translation... |
Хан минип арыз сораған, Мынаў алтын тахтын да, Ғәзийнесин патшаның, Мал-мүлки, дәўлет-бахтын да, Ғәзийнели гәўҳәрин, Қиялдай үлкен шәҳәрин— Ноғайға бәрин берейик. | Click to Add translation... |
Бизлер бермеген менен, Өзи де шаўып алады. | Click to Add translation... |
Оннан кейин басыңа, Мүшкил ислер салады. | Click to Add translation... |
«Кире ғой», десе ноғайлар, Динине де кирейик. | Click to Add translation... |
Ханның тилла дарыны, Ноғайға бәрин берейик. | Click to Add translation... |
Ханы қурсын беглерим, Ҳәр кимге де жан татлы, Тақтопалат қурысын! | Click to Add translation... |
Услап берип патшаны, Босатып берип қаланы, Елди тыныш етейик. | Click to Add translation... |
Қутқарайық қайғыдан, Зарланған қатын-баланы. | Click to Add translation... |
Ханның келди қардары... | Click to Add translation... |
Шешен еди Абақан, Арсары сөзин болған соң, Хан ўәзири Абақан, Ырғып турды орнынан, Қамсығып көзин жаслады, Арсарының қасына, Барып қалды жақынлап, Тасқа тийген дойнақтай, Таңлайлары тақылдап, Сөз сөйледи шақылдап: —Тақтаполат хан болып, Алтын тахқа мингели, Толды алдым ләшкерге. | Click to Add translation... |
Барлығын жыйнап шәҳәрге, Саўаштың жөнин үйретип, Халықта жүйрик атлардың, Барлығын жыйнап алдырды. | Click to Add translation... |
Елдеги не бир жигитти, Айырып минген атынан— Барлығын жаяў қалдырды. | Click to Add translation... |
Ләшкердиң азық-аўқатын, Аш халыққа салдырды. | Click to Add translation... |
Ләшкерге айдап оларды, Аўыр тобын сүйретип, Басқылап ноғай еллерин, Барып қырды шуўлатып. | Click to Add translation... |
Көкиреги аршынлы, Арысланларын өлтирип, Қызларын жесир қалдырды. | Click to Add translation... |
Бир жыл шапса тайпа елди, Келеси жыл бул наймыт, Ләшкерлерине дем берди. | Click to Add translation... |
Минип аттың белине, Неше күн тынбай жол жүрип, Азғана емес мол жүрип, Елеўсиң жатқан бул елди, Аңсызда қырды ахмақ хан. | Click to Add translation... |
Ўайран салды орынсыз, Хорезмниң елине, Улын жетим қалдырып. | Click to Add translation... |
Қызларын тул қалдырып. | Click to Add translation... |
Ғаррыларын қорлады. | Click to Add translation... |
Аналарын зарлатып, Аўзы түкли залым хан, Арыўларын азнатып, Тыныш жатқан ноғайдың, Мал-дүньясын талады. | Click to Add translation... |
Ноғайлыны шуўлатып, Мәртлерге қан қустырып, Тақтаполат залым хан, Қылышынан қан жуўырып, Ноғайдың елин қуўырып, Улын, қызын ызғытып, Бир неше рет тоздырды. | Click to Add translation... |
Хорезмниң қаласын, Сексен гез қара топ пенен, Бир неше рет буздырды. | Click to Add translation... |
Тыныш жатқан халықты, Қырып-жойып аңсызда, Бағындырып өзине, Тақтаполат қанхор хан, Абырайын оздырды. | Click to Add translation... |
Гелле кесип, қан төгип, «Залымның кеўили өседи, «Тақтаполат елинен. | Click to Add translation... |
Алмақ болып бир елди, Атланыпты», дегенде, Есите қойса бул журтлар, «Келмегейдағы бәле», деп, Сыртынан дирилдеседи. | Click to Add translation... |
Сөзлеримизди тыңламай, «Атланысып ноғайға, «Аламан,—деп,—оңайға», Қырып-жойып халықты, Ноғайдың елин бүлдирди, Қызыл гүлди солдырды, Тақтаполат залым хан, Көзин қанға толтырды. | Click to Add translation... |
Ҳәсен хан, Зийўар, Жанайдың, Арқаларын қоздырды. | Click to Add translation... |
Зийўар менен ер Жанай, Батыр екен, адамлар, Қаны қызып қайсарлар, Басып кирген қалмаққа, Қалмақтан арын алмаққа, Атланды дәрҳал майданға. | Click to Add translation... |
Саўаш етип майданда, Қалмақларды қайсарлар, Қоралы қойдай қосақлап, Аяўлысып өлтирди, Мәнисине келтирди. | Click to Add translation... |
Еки батыр өликке, Жылға, сайларды толтырды. | Click to Add translation... |
Адамына тап болып, Тақтаполат батыр хан, Қырғыйдан қашқан шымшықтай, Таслап қашты шатырын. | Click to Add translation... |
Баспана жер табалмай, Ушырады хан бүликке. | Click to Add translation... |
Жилиги ханның шағылды. | Click to Add translation... |
Айрылып ләшкерлеринен, Шырданынан қағылды, Қалаға келип қамалып, Жүрегине от жағылды, Айтқан сөзи тыңламай, Өз пейлинен шатылды. | Click to Add translation... |
Ноғайларды өлтирип, Қалмақтың елин бүлдирип, Ақылсыз хан не қылды?! | Click to Add translation... |
Бизлер менен кеңеспей, Тақтаполат жаңылды, Енди қашар жери жоқ, Аяқ-қолы таңылды. | Click to Add translation... |
Қутырған қанхор көпектиң, Мойнына қарғы тағылды. | Click to Add translation... |
Қалмақлардың бийлери! | Click to Add translation... |
Келиңиз қалмай жыйналып. | Click to Add translation... |
Мен отырман халықтың, Қырылғанына қыйналып. | Click to Add translation... |
Халық тәғдийрин шешейик? | Click to Add translation... |
Жатырған ханға барайық, Халыққа еткен гүнасын, Өз мойнына алмаса, Қоймайық енди хан қылып. | Click to Add translation... |