Back to tasks list
Qaraqalpaq folklori-6
Source | Target |
---|---|
Буларды табалмағанлар, Қолына алды бақанды. | Click to Add translation... |
Кимлер алды келсапты, Қурттай қайнаған геўирдиң, Өзине берсин инсапты! | Click to Add translation... |
Тақтаполат залым хан, Қәҳәри жаман келеди, Көкирегинде жаны бар, Қолға илинер нәрсени, Бәрин жыйды дәрбентке, Дәрбентке топты қойдырып, Ләшкерлерин жыйдырып. | Click to Add translation... |
Мал семизин сойдырып, Төрткүллеп ошақ ойдырып, Қайта бир қазан қойдырып, Нешше күн аш ләшкерин, Дәрбентте бир тойдырды. | Click to Add translation... |
Еки көзи жайнады, Иши оттай қайнады, Өз тәғдирин ойлады, Ойламасқа болмады, Ләшкерге қарап толғады: — Келиң, ләшкерлерим, жақсы қулақ сал, Сизлерге айтажақ тәўир сөзим бар, Батырларым, нәсийҳатым тыңлаңыз, Тыңламасаң сиз жыларсыз зар-зар. | Click to Add translation... |
Жыйналдыңыз елде қалмай ғарры-жас, Дүбириңнен дүрсилдеди қара тас, Хорезм елиниң патшасы Ҳәсен, Билиңиз озалдан бизиң менен қас. | Click to Add translation... |
Хорезмның халқы бардур нешше сан, Ҳаўазынан титиреген барлық жан, Хорезмди жеңдик бәрҳа бурында, Жеңилген жери жоқ қалмақтың ҳаслан. | Click to Add translation... |
Оңғылай хан батыр болды тусында, Сайдақметти қулатты бир мушында, Ол да қарап еткен бул Хорезмди, Сизлер де бабаларыңдай йошың-дә! | Click to Add translation... |
Қалмақлардан ләшкер жыйнап нешше сан, Хорезмди келип алған Қызыл хан, Ләшкерлерим, ол хан күшли дейсең бе, Мынаў турған ханың Тақтаполаттан?! | Click to Add translation... |
Хорезмли менен еттим саўашты, Ҳәсен хан жеңилип бизлерден қашты, Қайтпайтуғын жаў жоқ бизден, қайсарлар, Тәнде қызыл қанын суў яңлы шаштық. | Click to Add translation... |
Ләшкерлердиң сөглигин үйип далаға, Қуўып бардың Ақжүрим деген қалаға, Бирақ бизлер илаж ете алмадық, Зийўар менен ер Жанайдай балаларға. | Click to Add translation... |
Қос жүўермек пенен салдық урысты, Ол найсаплар төгер көзден жасыңды. | Click to Add translation... |
Батыр екен Зийўар менен ер Жанай, Бизлерге силтеди алмас қылышты. | Click to Add translation... |
Алмас қылыш шөптей қыйды басыңды, Таўларда қалдырды сансыз лашынды, Егер усыманнан кейин қуўмасақ, Ол найсаплар төгер көзден жасыңды. | Click to Add translation... |
Бизди қуўып алып келди дәрбентке, Ҳәсен хан қуўанар батыр перзентке, Кейин қайтармасақ келген душпанды, Найсаплар қалдырар таўсылмас дәртке. | Click to Add translation... |
Көкшетаўдың қубласында Бесмазар, Бул мазарда биз өлтирген бес ер бар, Бизден келип алмақ булардың қанын, Соның ушын өлмей қайтпас қайсарлар. | Click to Add translation... |
Ҳәсен хан бес ердиң қанын алмақшы, Басларыңа ақырзаман салмақшы. | Click to Add translation... |
Күшиң болса көрсетиңиз қалмақлар, Қорықсаң лашық Бесмазарда қалмақшы. | Click to Add translation... |
Сизлер менен қайтпай, найза салысты, Дәл майданда буўрадайын алысты. | Click to Add translation... |
Түйреп таслап қуўып келди булманға, Енди қолдан бере көрмең намысты. | Click to Add translation... |
Енди қашсақ ойран болар даламыз, Қарап болар Еменқиял қаламыз. | Click to Add translation... |
Қызым жесир, жигитлерим қул болып, Зар еңирер қатын менен баламыз. | Click to Add translation... |
Ата-ана ат астында тапланар, Теримизге тығар топан, мисли қанар, Егер бағындырса Зийўар, ер Жанай, Хорезмниң ханы Ҳәсен мақтанар. | Click to Add translation... |
Сөзди тыңлап турған бәрша халайық, Келгенлерге жабыла ат салайық, Бириңиз қалғанша өлиң, қашпаңыз. | Click to Add translation... |
Ҳәсен ханға қарсы атланып барайық. | Click to Add translation... |
Көтериңлер латманатлық жалаўды. | Click to Add translation... |
Аямай қырыңыз бул келген жаўды, Ғаршылдаған қылышыңның сеслери. | Click to Add translation... |
Жаңғырып ыдыратсын тас пенен таўды. | Click to Add translation... |
Келиң, ерлер, жәмленип ат қояйық, Қолға түскениниң көзин ояйық, Қызыл қанын ат баўырынан ағызып, Зийўар—ер Жанайдың көзин жояйық. | Click to Add translation... |
Қайтып Ҳәсен ханды набыт қылмасам, Хорезмниң журтын басып алмасам, Бийкар Тақтаполат патша болғаным, Ҳәсенниң басына қайғы салмасам. | Click to Add translation... |
Сонда ғана мақсетиме жетемен. | Click to Add translation... |
Ерегискен жаўды жексен етемен. | Click to Add translation... |
Аспаса егер ойға алған нийетим. | Click to Add translation... |
Жалғаншы дүньяда жүрип нетемен?! | Click to Add translation... |
Ләшкерлерим, үстине ат дөндириң, Ҳәсен ханның, жанған отын сөндириң, Зийўар, Жанай ҳәм Ҳәсенди өлтирип, Хорезмди қулшылыққа көндириң! | Click to Add translation... |
Сол ўақта тилла дабыл қағылды, Барлық ләшкер орынынан табылды, Ҳәсен ханды жер менен жексен етиўге, Жер қайысқан геўирлериң ағылды. | Click to Add translation... |
Хорезмли Ҳәсен хан, Тақтаполат патшаның, Зәҳәрли сөзин еситип, Денеси лаплап қызады. | Click to Add translation... |
Алдына нәзер салады, Ләшкерлерин қарады, Еки батырын шақырып, Оң жағына алады, Ләшкерлерин тербетип, Нәсийҳат берип турады; | Click to Add translation... |
— Ер Зийўар менен ер Жанай, Алдымда жүрсең айбатым, Кейнимде жүрсең ғайратым, Басқа түсти мүшкил ис, Еки бирдей зүриятым, Көкке ушсам қанатым, Зийўар менен Жанайжан, Жерде жүрсем желдейин, Бейиштеги пырағым, Жақын еткен алысты, Мунаўўар еткен күшимди, Сизлер еди шырағым, Бүгинги уллы саўашта, Оңғарғай қудай исиңди, Геўирлерге көрсетиң, Перзентлерим күшиңди! | Click to Add translation... |
Геўирлердиң патшасы, Тоқтаполат залым хан, Хорезмниң шәҳәрин, Сапар етти алмаға; | Click to Add translation... |
Тыныш жатқан елимниң, Басына саўда салмаға; | Click to Add translation... |
Улларымды қул қылып, Қызымды жесир қылмаға; | Click to Add translation... |
Айдан артық арыўды, Қоралы қойдай қосақлап. | Click to Add translation... |
Базарына сатпаға, Алпыстағы ананы. | Click to Add translation... |
Сексендеги атаны. | Click to Add translation... |
Найза суғып өлтирип, Зар жылатпақ баланы. | Click to Add translation... |
Мерўерт тастан салынған, Ўайран етпек қаланы. | Click to Add translation... |
Бенде етип бизлерди, Зар еңиретип сизлерди, Гүржилерге тарттырып, Оймақшы, залым, көзлерди. | Click to Add translation... |
Қанжар менен қыйқалап, Тилмекши, найсап, жүзлерди. | Click to Add translation... |
Ләшкерлерим айтылған, Тыңлаң мынаў сөзлерди; | Click to Add translation... |
Геўирлерге ат қойың, «Бедеўдиң басын оңғарып, «Ҳа» дегенде «ләббей» деп, Алың жолды аңғарып, Билип турған шығарсыз, Геўирлердиң ыңғайын? | Click to Add translation... |
Айтпасам да билесиз, «Урыспақтың жағдайын, «Аллалап» атты қойғанда, Шығарасыз жер майын... | Click to Add translation... |
Қарияларды қыйнатып, Сағыйырды жетим қылғаннан, Ата-ананы зарлатып, Жананды жесир қылғаннан, Ақ билекли арыўды, Геўирлерге зорлатып, Бурымынан сүйретип, Ақ төслерин арыўдың, Ақ найзаға түйретип, Хорезмли халқымды, Өлмей жаўға қорлатып, Еки қолды байлатып, Оттай көзди жайнатып, Ат алдында айдатып, Жаў-жарақты тапсырып, Еки қолды қаўсырып, Бенде болып тирилей, Хан алдына барғаннан, Мерўерттен салған қаламды Жаўға ўайран қылғаннан, Ели-журтты шуўлатып, Душпанға олжа болғаннан— Жан барында майданда, Гелле кесип, қан төгип, Әжел келсе алладан, Хорезмли халық ушын, Шейит болған жақсырақ, «Соның ушын ләшкерим, «Мен-мен», деген ерлерим, Қайтпағайсыз шерлерим, Көшеген қара топларды, Гүмбирлетип көшириң, Қанға жерик геўирдиң Шуўлатпай үнин өшириң, Тартқызбақ болған бизлерди, Гүржисине геўирдиң, Өз қанларын иштириң, Ел-халықтан дос таўып, Атланың жаўдың үстине. | Click to Add translation... |
Абырайың ушын ат шаўып, Хорезмли қайсарлар, Бермеңиз жаўға намысты! | Click to Add translation... |
Бул сөзлерди айтқанда, Ҳәсен ханды қоршаған, Хорезмниң мәртлери, (Қарағай найза қолында, Зийўар менен ер Жанай, Екеўи оңлы-солында, Көк саўытын кийеди) Аллалап жаўға тийеди, Қоршап турған геўирлер, Хорезмли ерлерге, Булар да ат қояды, Еки жақтың ләшкери, Аш қасқырдай алысты, Бир-бирине таймастан, Қақ жүректиң сыртынан, Аямай найза салысты. | Click to Add translation... |