Back to tasks list
Qaraqalpaq folklori-14
Source | Target |
---|---|
Бағынбаса ноғайға, Аяқ-қолын бәнт етип, Амуд пенен алпыс пуд, Төбесине урайық. | Click to Add translation... |
Ийжандай қылып унтайық, Бәтшағарды нан қылып! | Click to Add translation... |
Гүржиге етин тарттырып. | Click to Add translation... |
Сан етлерин паралайық... | Click to Add translation... |
Бир бармақта турмаса, Төбелеп неше сан қылып, Сөйтип бундай залымның, Танытайық бабасын! | Click to Add translation... |
—Турың бийлер, турың! | Click to Add translation... |
—деп, —Адымды шаққан урың! | Click to Add translation... |
—деп, —Ақмақ ханның үстинде, Барып мәтте қурың! | Click to Add translation... |
—деп, Абақан уран салады. | Click to Add translation... |
Алпыс еки ҳәмелдар. | Click to Add translation... |
Жетпис еки мөҳирдар, Орнынан өрре турады, —Абақан қайсар төреди, Ҳәр истиң жөнин биледи. | Click to Add translation... |
Геллеғардың айтқаны, Ҳәр ўақытта да келеди,— Деп қалмақтың бийлери, Абақанның изине, Барлығы ғаўлап ереди. | Click to Add translation... |
Хан жатырған ақ сарай, Арыз сораған датқа жай— Хан жатырған ордаға, Бәри жетип келеди. | Click to Add translation... |
Бийлер келген ўақтында, Тақтаполат залым хан, Датқа жайдың төринде, Отыр екен түнерип. | Click to Add translation... |
Баслап келген бийлер менен, Абақан ўәзир тик турып, Ханға сәлем береди. | Click to Add translation... |
Қәҳәри қатты залым хан, —Көргенсиз, нәлет бийлер, Не себептен үстиме, Руқсатсыз келдиңлер! | Click to Add translation... |
—деп, Буўырқанды, пурсанды, Қәҳәрленди, қатланды, Қабағынан қар жаўды, Кирпигинен муз жаўды, Бийлерге кейип, бақырды, Мүлгиген басын көтерип, Аш жолбарыстай ақырды: —Келген шешен, көп бийлердиң сәрдары, Әзелден Тақтаполаттың қандары, Бир ой менен ақ ордадан келипсең, Көп бийлерди баслап, найсап Арсары. | Click to Add translation... |
Арсары, баслай бер айтар сөзиңди, Айтпасаң оярман еки көзинди, Журтты жыйнап, тас аттырып көшеде, Сарсаңкесек еттирермен өзиңди. | Click to Add translation... |
Миниў ушын мынаў алтын тахтларға, Ийе болыў ушын дәўлет-бақларға, «Бенде етемен,—деп,—Тақтаполатты», Хабар бердиң бе қурамсақларға? | Click to Add translation... |
Ашық болып келдиң бе я ярыма? | Click to Add translation... |
Я болмаса ғәзийнемде бары ма? | Click to Add translation... |
Жаман қыял менен келген болсаңыз, Асып өлтирейин тилла дарыма. | Click to Add translation... |
Отырғансаң орын алып қасымнан, Талай жедиң жылытпаға қалған асымнан, Бүгинги күн сен де душпан болдың ба, Дәўлет қусы ушқанымда басымнан?! | Click to Add translation... |
Егер жекке келгениңде не ҳәдди?! | Click to Add translation... |
Нәҳәр емес, жегизейин зәҳәрди! | Click to Add translation... |
Арсары, сен қанша арыслан болсаң да, Қурамсаққа бере алмассаң шәҳәрди! | Click to Add translation... |
Арсарыға ықтыярды берипсиз, «Арыслан» деп изине ерипсиз. | Click to Add translation... |
Мени байлап берип қурамсақларға, Бийлерим, аман қалыў ушын келипсиз! | Click to Add translation... |
Абақан, сен қурамсаққа сатылып, Я келдиң бе қол-аяғың шатылып, Егер келген болсаң жаман ой менен, Онда өлесең ҳәзир дарға асылып. | Click to Add translation... |
—Тыңла сөзди, Тақтаполат ханымыз, Тақсыр, ханым, алсаң мине жанымыз, Ноғайлар қоршады келип қаланы, Қамалыўда, қырылажақ халқыңыз. | Click to Add translation... |
Хызметиңди етип жедим сизден нан, Халқым ушын пидә болып шийрин жан Бирақ халық тәғдийрин тез шешиңлер, Алдыңызға келди ўәзир Абақан. | Click to Add translation... |
Ноғайлар тур сыртқа шықсаң жан алып, Өлгенлер көп көрсең, ханым, сан алып, Ҳеш нәрсе жоқ Арсарыдан көргендей, Халқың әне өлип болды қамалып. | Click to Add translation... |
Хан болсаңыз халқыңызды қайғырың, Қайғырмасаң қыйын болар тәғдириң, Айтқанға жүрмесең, қарап етиўге, Қардай борап келмеспекен ул-қызың. | Click to Add translation... |
«Руқсатсыз келди» деп күйип-жанбаңыз, «Мәҳәлсиз келди» деп шубҳаланбаңыз, Абақанның алдында айтқан сөзине, «Буған не болды», деп таңырқанбаңыз. | Click to Add translation... |
Ҳәсен ләшкерине ҳәмирин етти, Қалмақлар өзиңе өлим мәр етти, Зийўар келип басыңызды алажақ, Урыс тыңламайды, тақсыр, әдепти. | Click to Add translation... |
Тақсыр, ханым, әдалатлы төремиз, Сасып келдик, не деп жуўап бересиз? | Click to Add translation... |
Халықты қырмай берилейик ноғайға, Тақтаполат буны қалай көресиз? | Click to Add translation... |
Бермесеңиз еркиңизге қоймайды, Соның ушын бермесеңиз болмайды, Не қылсаң да, ханым, тезирек болмасаң, Ҳәзир төбеңизде қылыш ойнайды. | Click to Add translation... |
Журтыңды бермесең жаннан кешиңиз! | Click to Add translation... |
Ханым кепиниңди өзиң пишиңиз! | Click to Add translation... |
Сениң ушын халықты қамап, қырмаспыз, Не қылсаң да тақсыр тезирек шешиңиз! | Click to Add translation... |
Зийўар, Жанай бузып өтер орныңды, Парра-парра етип үзер торыңды, Алдына бас ийип өзиң бармасаң, Ноғайлылар келсе қуртар сорыңды. | Click to Add translation... |
Дәл бедеўдиң жал-кекилин тарайық, Келиң, бийлер, бул бир иске жарайық, Сөзди тыңла, Тақтаполат ханымыз, Ҳәсен ханның алдына биз барайық? | Click to Add translation... |
Қол қаўсырып хызметинде турайық, Еткен гүнамызды ханнан сорайық, Патша халқы кеширимли болады, Гүнамызды кеширсе ел болайық? | Click to Add translation... |
Тақтаполат таўлай берме муртыңды, Ашыўланып томпайтпаңыз уртыңды, Сизге де, бизге де тақсыр өлим жоқ, Ҳәсен ханға тапсырсаңыз журтыңды! | Click to Add translation... |
Халық ушын қанлар жутып, қыйналып, Алдыңызға келип турмыз жыйналып, Тақсыр, ханым, бир жуўабын бериңиз, Абақанның сөзине аўыр ойланып. | Click to Add translation... |
Ойланбасаң, ақыр ўайран боларсаң, Зийўар келип қызыл гүлдей соларсаң, «Абақанның айтқаны ырас екен», деп, Сол ўақтында маңлайыңа урарсаң,— Дедидағы Абақан, Айтар сөзин таўысты, Сол ўақтында патшаның, Қиялы ҳәм нәзери, Басқа жаққа аўысты: Еки көзи қызарды, Жайнатып алмас қылышты, Қынабынан шығарды. | Click to Add translation... |
— Шабайын сени, найсап! | Click to Add translation... |
—деп, Абақанға умтылды, Абақанның алдына, Тикке қалқан тутылды, Бир келген жаза-өлимнен, Абақан сөйтип қутылды. | Click to Add translation... |
Тақтаполат патшаның, Көзи оттай жайнады, Абақанның сөзине, Жүреги күйип, қайнады, Ақша жүзден қан қашып, Жүзлери кетти қуўарып, Еки көзи жумылып, Аш қасқырдай қабынып, Абақанды жегендей. | Click to Add translation... |
— Жәллат! | Click to Add translation... |
—деди, шақырды, Даўысы кетти жер жарып. | Click to Add translation... |
Келетуғын жәллат жоқ. | Click to Add translation... |
Белинен кетти қуўаты, Өзинен кетти мәдәры, Бетлеринен қан қашып, Абақанды түтиўге, Қалмады ханның ҳалаты. | Click to Add translation... |
Жан-жағына қарады, Арсары тур бир шетте, Қолында қылыш жарқылдап, Келетуғын жәллат жоқ... | Click to Add translation... |
Тыңланбаған сөзлери, Қызарып еки көзлери, Суп-сур болды жүзлери, Мынаў турған бийлердиң, Жаман көрип түрлерин, «Не болса да буларға, Мен бир ис қылайын», Деп оларға тигилип, Көкиреги егилип, Қабырғасы сөгилип, Сөз сөйлейди барқылдап: — Дәстурқаннан жедиңизлер нанымды, Енди қыймақпысыз жалғыз жанымды? | Click to Add translation... |