Back to tasks list
Qaraqalpaq folklori-11
Source | Target |
---|---|
«Аҳ» дегенде нур тамады жүзинен, Ушқынланып от шығады көзинен, Ашық екенлиги жаным Жанайға, Көринип тур «қайнаға» деген сөзинен. | Click to Add translation... |
Дүньяда өлим жоқ, балам, ашыққа, Ашықты қоспақ парыз машыққа, Геўирлерден аларсаңыз өшиңди, Келинди өлтириўге балам, асықпа. | Click to Add translation... |
Ақтамақжан екен қыздың данасы, Қандай екен оны туўған анасы? | Click to Add translation... |
Аларсаңыз геўирлерден арыңды, Көринип тур жақын анаў қаласы. | Click to Add translation... |
Араларсаң қала менен көшесин, Шаншарсаң геўирдиң сайлап нешесин. | Click to Add translation... |
Ақтамақты келин етейик, Зийўаржан, Қудағай етермиз туўған шешесин. | Click to Add translation... |
Жығып геўирлердиң бәлент мунарын, Кесип қызларының таққан тумарын, Ақ отаўда ышқы-ишрет етерсең, Тарқатсын Жанайым кеўил қумарын. | Click to Add translation... |
Тақтаполат қашса қуўып жетерсең, Қуўып жетип тири бенде етерсең, Қылған гүналарын алса мойнына, Онда оның гүналарын өтерсең. | Click to Add translation... |
Ырайдан қайтпаса басын кесерсең, Найза менен еки көзин тесерсең, Оннан кейин не қылсаң да өзиңде, Ата тилин алғыл, балам, өсерсең. | Click to Add translation... |
Геўирлерге етсеңиз де қарыўды, Өлтирмеңиз Ақтамақтай арыўды, Зийўар жаным, усы айтып болғаным, Келинге бола мениң басым аўырды, Батыр туўған ер Зийўар, Әдепли еди жасынан. | Click to Add translation... |
Атасының айтқанын, Зейин қойып тыңлайды, Әдепсизлик қылмайды, Қылышын тартып алады, Қынабына салады, —Әжеп болар, ата—деп; | Click to Add translation... |
—Атажан ҳәзир сөзиң,—деп; | Click to Add translation... |
—Мениң қылған гүнамды, Кеширегөр өзиң,—деп, Баласы нала қылады. | Click to Add translation... |
—Хорезмниң палўаны, Айналайын, перзентим. | Click to Add translation... |
Еки көзимниң раўшаны, Өзиңдики дүнья-мал. | Click to Add translation... |
Пандыў-нәсийҳатымды, Балам ойыңа жақсы ал; | Click to Add translation... |
«Атама гүна қылдым», деп, Етпе ҳасла қыйлықал. | Click to Add translation... |
Үстине минип арыз шешкен Алтын тахтта сеники; | Click to Add translation... |
Төкпей, шашпай жыйнаған Дәўлет-бақ та сеники; | Click to Add translation... |
Жети ықлым Хорезмдеги Ели-журт та сеники; | Click to Add translation... |
Басымдағы жан балам, Тилла таж да сеники; | Click to Add translation... |
Кәрўаннан алынатуғын, Бажым да балам сеники; | Click to Add translation... |
Асатуғын гәззапты, Тилла дар да сеники; | Click to Add translation... |
Маңлайдағы шырағым, Ҳәрне бар да сеники; | Click to Add translation... |
Бағындырсаң душпанды, Намыс-ар да сеники; | Click to Add translation... |
Дүньядағы шырағым, Сулыў яр да сеники. | Click to Add translation... |
Перзентим сеннен, Зийўаржаи. | Click to Add translation... |
Аяйтуғын жаным жоқ, Не қылсаң да қарағым, Бәри саған ылайық. | Click to Add translation... |
Хорезмниң душпанын Женгениң ушын жан балам. | Click to Add translation... |
«Рахмет» дейди халайық. | Click to Add translation... |
—Мынаў Қиялқалада, Алып барып келинди, Бағына кирип геўирдиң, Той-тамаша қылайық, Шығарып иштен ҳәўирди,— Деп мәртлер минди тулпарға, Бир жағынан ер Зийўар, Бир жағынан Жанайжан, Ортасында, Ҳәсен хан, Дөгерегин қоршаған, Хорезмли көп арыслан, Ханның қызы Ақтамақ, Латманаттан дөнеди, Не айтсам да ер Зийўар. | Click to Add translation... |
Патшаның қызы көнеди. | Click to Add translation... |
Батыл динди қояды, Барҳақ динге енеди, Көк сандалға минеди. | Click to Add translation... |
Хорезмди жайлаған, Ат жақсысын сайлаған, Геўирдиң қолын байлаған, Басып кирген геўирди, Қоралы қойдай айдаған, Қандай саўаш болса да, Туўра барған, таймаған, Ноғайдың сансыз ләшкери, Тақтаполат патшаның, Үстине қарап жөнеди. | Click to Add translation... |
Ол шатыр менен бул шатыр. | Click to Add translation... |
Ол шатырдың ишинде, Тақтаполат хан жатыр. | Click to Add translation... |
Ол шатырдың үстине, Ғурыжланып ат қойды. | Click to Add translation... |
Хорезмли қос батыр. | Click to Add translation... |
Қос батырдың ортасында, Ақтамақ арыў киятыр. | Click to Add translation... |
Қоршап турған геўирлер, Булар да ат қояды. | Click to Add translation... |
Ақтамақтай арыўдың, Ноғайға олжа болғанын. | Click to Add translation... |
Батыр қызлар биледи. | Click to Add translation... |
Ҳайранлықтын дағлары, Жүреклерин тиледи. | Click to Add translation... |
—Ноғайға олжа еткенше, Ақтамақ сәрдарымызды, Ноғайлар менен урысып, Өлейик қанлы майданда,— Деп батыр қызлар қолына, Қарыўларын алады. | Click to Add translation... |
Ҳәсен ханның үстине, Бәршеси ат салады. | Click to Add translation... |
Зийўар менен ер Жанайдың, Ат басындай жүреклери, Қанасында туўлайды. | Click to Add translation... |
Әсиресе Зийўардың, Ети жаман жуўлайды— Қызларға қылыш урғанда, Қойларға қасқыр тийгендей, Лалаўлап қызлар шуўлайды, —Мәрт болсаң геўир қызлары, Беррегирек кел! | Click to Add translation... |
—дейди, Қызларға қылыш силтейди, Нешше қыздың жанлары, Жәҳәннемге кетеди. | Click to Add translation... |
Талай қызды ер Зийўар, Аўыр жаралы етеди. | Click to Add translation... |
Ат қуйрығы түйилди, Батыр қызлардың геллеси. | Click to Add translation... |
Таўдай болып үйилди. | Click to Add translation... |
—Билдик, батыр екенсиз, Ҳәсен ханның баласы, Мәрт екенсең ер Зийўар, Қылышыңды тарт,—дейди; | Click to Add translation... |
—Алсаңыз, әне ел,—дейди; | Click to Add translation... |
—Қанымыз болды сел,—дейди; | Click to Add translation... |
—Бизиң менен еллессең, Зийўар батыр, кел,—дейди; | Click to Add translation... |
—Обал-саўап мойныңа, Я өлтир, я олжа қыл, Зийўар ер, өзиң бил,—дейди. | Click to Add translation... |
Аман қалған батыр қызлар, «Қуралларын таслады, Өзиңиз бил,—деп,—не қылсаң», Барлығы көзин жаслады. | Click to Add translation... |
Қызлардың өлмей қалғаны, Зийўаржанға жалбарып, Олжа бола баслады. | Click to Add translation... |
Аттың жалы өрилди, «Мен мен» деген геўирдиң, Абырайы қолдан берилди. | Click to Add translation... |
—Қойғанға берекет, Қоймағанға жаўсын нәлет, Қашқанға жаўсын рахмет,— Деп геўирлер қашады, Қиял деген қалаға, Бәри барып қамалды. | Click to Add translation... |
Қубладан қойған дәрўаза— Дәрўазасын бекитип, Ишинен тәмби басады. | Click to Add translation... |
Отыз мың ләшкер ноғайлы, Қаланы қамал етеди, Жан шығармай далаға. | Click to Add translation... |
Қырқ мың ләшкерли геўирлер, Ҳеш илаж ете алмады, Ер Зийўардай балаға. | Click to Add translation... |
Журттан озған ақылгөй, Алпыс еки ҳәмелдар, Жетпис еки мөҳирдар, Барлығы жыйналып, Мәсләҳәтти салады. | Click to Add translation... |
Көп бийлердиң ишинен, Аппақ қуўдай сақалы, Орта бойлы дамбелше, Минез-қулқы заңғардың, «Белин беккем байлады, Басқалардан өзгеше, Ҳәр иске өзин сайлады, Өрре турып орнынан, Бир қиялды ойлады. | Click to Add translation... |
Халық қоршаўда турған соң, Ойламасқа болмады. | Click to Add translation... |