Back to tasks list
Qaraqalpaq folklori-2
Source | Target |
---|---|
Қуўып шаншып душпанды, Тарқатың кеўил шерлерин. | Click to Add translation... |
Кейин қуўсаң душпанды, Патшаның кеўили толады. | Click to Add translation... |
Өлсең шейит боласаң, Өлтирген қазы болады». | Click to Add translation... |
Бул сөзди айтып Ҳәсен хан». | Click to Add translation... |
Беклери менен қосылды. | Click to Add translation... |
Тыңлап оның сөзлерин, Мәртлердиң кеўили йошады. | Click to Add translation... |
Ат ойнатып Ҳәсен хан. | Click to Add translation... |
Найза алды дәстине* Қара қур болып ләшкери, Ат қойды жаўдың үстине. | Click to Add translation... |
Батыр туўған Ҳәсен хан. | Click to Add translation... |
Тулпардың жалын тарайды, Әйне сәске ўақтында, Тақтаполат патшаның. | Click to Add translation... |
Оң жағынан барады, Шатырда жатқан қалмаққа Топалаң—тозаң салады, Тақтаполат залым хан, Ләшкерин топлап алады. | Click to Add translation... |
Бойын жыйнап Ҳәсен хан, Тақтаполат патшаға Қәҳәрленип қарады. | Click to Add translation... |
Еки патша шекисип. | Click to Add translation... |
Жақынласып барады, Сол ўақытта Ҳәсен хан. | Click to Add translation... |
Оң жағына қарады, Ләшкерине сөйледи, Сөйлегенде бүйдеди: — Бул урыстың қәдеси, Алыспақты палўанлар, Урыспақты батырлар, Барың душпан үстине, Батырларым жекпе-жек. | Click to Add translation... |
Ҳәсен ханның палўанын, Мәрт Аққозы дер еди, Мәртлигинен мини жоқ, Хорезмниң халқында. | Click to Add translation... |
Жалғыз туўған ер еди. | Click to Add translation... |
Тамағына геллеғар, Тоғыз қойды жер еди. | Click to Add translation... |
Қара сур атқа минеди. | Click to Add translation... |
Қарағай найза қолға алып. | Click to Add translation... |
Душпанға қарап жөнеди. | Click to Add translation... |
Тақтаполат патшаның, Ақжүгинис деген палўаны, Қапталында бар еди — Бул да минди атына, Шыға келип бәтшеғар, Ат ойнатып желеди, Еки жақтан еки ер, Бир-бирине дус болды, Атының басын бурады. | Click to Add translation... |
Аққозы деген батырға, Тақтаполаттың палўаны, Керилип найза урады. | Click to Add translation... |
Сол ўақытта Аққозы, Қалқанын тутып алдына. | Click to Add translation... |
Душпанның кеўлин солдырды. | Click to Add translation... |
Алдына тутқан қалқаны. | Click to Add translation... |
Жаў найзасын сындырды. | Click to Add translation... |
Аққозы кейин шегинип. | Click to Add translation... |
Душпанға найза салады. | Click to Add translation... |
Аққозының найзасын, Ақжүгинис батырың. | Click to Add translation... |
Қолынан жулып алады. | Click to Add translation... |
Найзасы қолдан кеткен соң, Қәҳәрленип Аққозы, Қолына алып қылышын, Ақжүгиниске урады, Қылышы тийип саўытқа, Шорта сынып қалады. | Click to Add translation... |
Арыслан туўған Аққозы, Қылыштан жуда болады. | Click to Add translation... |
Жарақсыз жигит қалған соң, Душпанға қарсы барады. | Click to Add translation... |
Ақжүгинис батырдың, Жағасынан алады. | Click to Add translation... |
Хорезмли Аққозы, Ат үстинен алысты, Қолдан бермек абырайды, Мәрт жигитке намысты. | Click to Add translation... |
Беллери жайдай бүгилди. | Click to Add translation... |
Маңлайдан терлер төгилди, Еки мәрттиң саўыты, Тозған тондай сөгилди, Астындағы тулпарлардың, Беллери нәзик бүгилди, Бир биреўин қушақлап, Ақжүгинис пенен Аққозы, Ат үстинен жығылды. | Click to Add translation... |
Өкпелери қысылып. | Click to Add translation... |
Аўызына келип тығылды. | Click to Add translation... |
Еки батыр майданда, Аш арысландай алысты, Бир-биринен қалыспай, Кешке шекем айқасты. | Click to Add translation... |
Қайғыға кеўлин толтырды, Ақша жүзин солдырды, Рейимсиз Жүгинис, Аққозыдай батырдың Шылбырдай мойнын бурады, Айналдырып басынан, Көтерип жерге урады. | Click to Add translation... |
Ақжүгинистей батырың, Әрўақларын шақырып, Суўырып алса жылт еткен, Семсерин қолға алады, Аққозыдай батырдың, Алқымына салады, Қарқыратып шалады, Басын кесип алады. | Click to Add translation... |
Найзаға басын илдирип, Нар текедей майысып, Хан алдына келеди. | Click to Add translation... |
«Оғада батыр екен»,—деп, «Басына қайғы салдың»,—деп, Ақжүгинистей батырға, Көп инамлар береди. | Click to Add translation... |
Кеўили тасып Ақжүгинис, Қарғып минип атына, Ақ найзасын қолға алып. | Click to Add translation... |
Майданға қарап жолланды Қарсы қарап жаўына, Жүгинис сөйлеп толғады: —Ҳәсен хан, кетти сеннен бағ, Бизики болар сизиң таҳт, Батырың болса жекме-жек, Жиберип, қызығын көрип бақ. | Click to Add translation... |
Еситип буны Ҳәсен хан Жән-жағына қарады, Көп муңайып турады, —Жаўға қарсы шыққандай, Мәрт бар ма? | Click to Add translation... |
—деп сорады. | Click to Add translation... |
Көп ләшкердиң ишинде, Бир батыры бар еди, Ол батырдың исимин, «Сәрўанлы батыр» дер еди. | Click to Add translation... |
Қандай батыр болса да, Қатпай шапқан шер еди. | Click to Add translation... |