Back to tasks list

Qaraqalpaq folklori-15

SourceTarget
Басып кирип әдалатлы ордама, Төгиў ушын келдиңиз бе қанымды?
Click to Add translation...
Жүйрик минип бийик таўдан асқанман, Нешелерин түсиргенмен аспаннан, Ноғайлардың қанын төгип майданда, Бир де қайтпай, дәрья киби тасқанман.
Click to Add translation...
Жүрегим таўдай асқанында қайтпады, Еситип қай патша «қуллық» айтпады?!
Click to Add translation...
Барлығы да қол қаўсырды алдымда, Ҳеш бириниң маған тиси батпады.
Click to Add translation...
Душпаныма жеткердим мен дадымды, Сол себептен халық билди атымды, Найсаплар, сатылып қурамсақларға, Сизлер кемиттиңиз инабатымды.
Click to Add translation...
Барғанымда ләшкер айдап нешше сан, Қорқып Хорезмге қайтқан Ҳәсен хан, Сизлердиң аўзыңның алалығынан, Душпан келди ат баўрынан төгип қан.
Click to Add translation...
Қурамсақтың ели биздей баймеди?
Click to Add translation...
Урысыўға ат-жарағы саймеди?
Click to Add translation...
Найзаласып гүресиўге майданда, Ҳәсен ханның күши бизге теңбеди?
Click to Add translation...
Ноғайлының ели-елаты ашты...
Click to Add translation...
Майданда еткенде қанлы саўашты, Басқы таўып ләшкерлери қырылып, Қурамсақлар ғаўлап үйине қашты.
Click to Add translation...
Ҳәсен ханның көкке жетти наласы, Саўаш етти Зийўар, Жанай баласы, Бизиң балалардан қашқанлығымыз, Билиң, бийлер, аўзыңыздың аласы.
Click to Add translation...
Төтепки бере алмай еки балаға, Қашып келип тығылдыңыз қалаға, Жаныңызды алып қашып ноғайдан, Өзлериңиз қалып отырсыз налаға.
Click to Add translation...
«Арғымақтың, жал-кекилин өр», дейсиз: «Хан алдына бизди баслап жүр»,—дейсиз;
Click to Add translation...
«Ели-журтты Ҳәсен ханға тапсырып, Хан болып қайтадан дәўран сүр»,—дейсиз.
Click to Add translation...
Нәмәрт саўаш күни дәртке жарар ма?
Click to Add translation...
Таяқ тиймей бүйирине қарар ма?
Click to Add translation...
Ел-журтын бермесе, қолын байлатып, Патша өлмей хан алдына барар ма?
Click to Add translation...
Ақыллы хан қарашаға ерер ме?!
Click to Add translation...
Өзи өлмей журтын жаўға берер ме?!
Click to Add translation...
Ақылы бар болса бийлердиң, Руқсатсыз, хан алдына келер ме?
Click to Add translation...
Сизлер ўайран етажақсыз тағымды, Гүлсиз қуўрата жақсызлар бағымды, «Ҳәсен ханға журтты тапсыр», десеңиз, Әмелдарлар айырарман жағыңды.
Click to Add translation...
Арсары, Абақан сатылған жаўға, Сөйтип басымызға салмақшы ғаўға, Бундай найсапларды дарға тарттырып, Басларына тири салайық саўда.
Click to Add translation...
Найсаплардың саўда салып басына, Рәҳим етпей көзден аққан жасына, Тилла дарға алқымынан асайын, Ҳеш бир жанды келтирместен қасына.
Click to Add translation...
Басқа бийлер пайманаңды толтырмаң, Әжел жетпей қызыл гүлиң солдырмаң, «Бизди баслап Ҳәсен ханның алдына, Тақтаполат барады», деп отырмаң.
Click to Add translation...
Қолды қыяр бос усласаң қамысты, Хан алдына тири барыў намысты, Бийлерим, барлығың азған болсаңыз, Жүрегиме отлар түсип алысты.
Click to Add translation...
Әмелдарлар, сөзиңизге ермеймен, Өлгенше ноғайға қылыш сермеймен, Қалдырмай халықтың бәрин қырса да, Ҳәсен ханға шәҳәримди бермеймен.
Click to Add translation...
Тәлим алың Тақтопалат сөзинен, Қәҳәрленсе қанлар ағар көзинен, Бере алмайман қурамсаққа қаланы, Ханлық кетпей турған ўақта өзимнен.
Click to Add translation...
Қелген бийлер, артыңызға қараңыз, Сарайымда турмай дәрҳал тараңыз, Егер ҳәмириме «қуллық» етсеңлер, Ол ўақытта жаўға ўайран саламыз.
Click to Add translation...
Ханның айтқан сөзине, Қаны қызды бийлердиң, — Қан толған екен көзине, Тақтаполат залымның, Тыңламады бул ахмақ, Әдил сөзин алымның —Кеңеске келген бийлерди, Өлтиретуғын сенбе,—деп, Өзим өлмей басымды, Беретуғын мен бе,—деп;
Click to Add translation...
—Сәлемге келген бизлерди, Асасаң ба дарға,—деп?;
Click to Add translation...
—Тақтаполаг лашыңды, Тартсын ала ғарға!
Click to Add translation...
—деп, Хан қасында Абақан, Арыслан туўған Арсары, Қарқылдап турған патшаның, Жағасынан алады.
Click to Add translation...
Алпыс еки ҳәмелдар, Жетпис еки мөҳирдар, Тақтаполат залымға, Булар да пәнже салады.
Click to Add translation...
Ақ сарайдың ишинде, Қаны келип аўзына, Есинен хан талады.
Click to Add translation...
Ханның көзи тынады, Хан отырған алтын тахт, Аяғы менен бийлердиң, Бөлекленип сынады.
Click to Add translation...
Хан қатыны ханшаға, Ақырзаман болады.
Click to Add translation...
— Алтын тахттың үстинен, Қаншайым да қулады.
Click to Add translation...
— Ашылмаған бахтым!
Click to Add translation...
—деп;
Click to Add translation...
—Ўайран болды тахтым,—деп;
Click to Add translation...
—Сынған енди сақтым,—деп, Қаншайым зарлап жылады, Көзиниң жасын булады, Буласа да болмады, Ашыўлы бийлер қылмады, «Не қылып атыр, ханым» деп, Нәзерин хасла салмады.
Click to Add translation...
Қылышлары қолында, Күйип турған жәллатлар, Тақтаполат патшаның, Артына қолын байлады, —Ҳаққыңнанды залым!
Click to Add translation...
—деп, Алдына салып айдады.
Click to Add translation...
Абақан менен Арсары, Қоршаған көп халыққа, —Бәриң кейин қаш!
Click to Add translation...
—деди.
Click to Add translation...
Киятырған қул яңлы Тахтаполат патшаға Дәрўазаман, пашшаплар, Ләшкерлер жол береди.
Click to Add translation...
—Еки қолың байлаўлы, Киятырсаң ба «батыр»,—деп, —Сениң қылған ғазабың, Таңлайымызға татыр,—деп, Қалмақтың есер баллары, Ермек етип патшасын, Изинен тас атады Тас тийген сайын басына, Ашыўына шыдамай, Патша жортып желеди Хорезм елин ызғытқан, Қанын суўдай ағызған, Қозылы қойдай зарлатқан, Тақтаполат залымды, Ҳәсен ханның алдына, Арсары менен Абақан, Жетирип айдап келеди.
Click to Add translation...
—Жүрмей айтқанымызға, Бизлерди де күйдирген.
Click to Add translation...
Ләшкерлерин шубыртып, Барып ноғай елине, Нәмәртлерин өлтирген, Қандарыңыз минекей, Ноғайдың елин бүлдирген.
Click to Add translation...
Алып келдик алдыңа,— Деп қалмақ бийлери, Ийлип сәлем береди.
Click to Add translation...
Әдил еди Ҳәсен хан, Бийлериниң қалмақтың, Сәлемин әлик алады.
Click to Add translation...
Бас ийип келген бийлерге, Ҳәсен хан иззет қылады.
Click to Add translation...
«Бурынғы өткен ханлардан, Киятырған жол еди, Елши менен патшаға, Ҳеш ўақытта өлим жоқ еди.
Click to Add translation...
Я жақсы болсын, я жаман, Ықтыяры өзине.
Click to Add translation...
Ким болса да бул найсап, Қалмақларға еди хан.
Click to Add translation...
Халқына қылған ислерин, Көрейин сорап мен буннан.
Click to Add translation...
Гүнасын алса мойнына, Хан етейин орнына, Қайтпаса егер ырайдан, Асайын тилла дарына», Деп Ҳәсен хан ойлады.
Click to Add translation...
Ақыллы еди Ҳәсен хан, Орынсыз исти қылмады.
Click to Add translation...
Геўирлердиң ханынан, Бир неше саўал сорады: —Геўирлердиң патшасы.
Click to Add translation...